Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында жетинши шақырық Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында жетинши шақырық Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, районлық сайлаў комиссиясы ағзалары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасты.

Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесине сайланған депутатлар тәрепинен партия топарларын дизимге алыў мәселесин көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги екинши мәселеде Халық депутатлары районлық Кеңеси Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы режени тастыйықлап алыў усынысы билдирилди.

Буннан кейинги мәселеде Тахтакөпир районы ҳәкими лаўазымна усынылған талабан бойынша сессия қатнасыўшыларыныӊ пикирлери тыңланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының район ҳәкими лаўазымына Адилов Жамбул Агытаевичти тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў мәселеси даўысқа қойылды ҳәм депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етип, Адилов Жамбул Агытаевич Тахтакөпир районы ҳәкими лаўазымна тайынланды.

Буннан кейин Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси Регламентиниң 16-статьясына муўапық, сессия жумысын даўам еттириў район ҳәкими, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы Адилов Жамбул Агытаевичке тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилис Сенаты ағзалары сайлаўын усы жылдың 11-ноябрь күни өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилген.
Усы мүнәсибет пенен сессия күн тәртибиндеги төртинши мәселеде Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине тийкарланып Жоқарғы Кеңес, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатлары Қоспа мәжилиси Мәслаҳат Кеңеси ағзалылығына талабан усыныў ҳаққындағы мәселеси көрип шығылды.

Мәсләҳәт Кеңеси ағзалылығына талабан етип 4-Майжап сайлаў округинен районлық Кеңесине депутат Сейтназаров Сарсенбай Ержановичтиң кандидатурасы усынылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Усының менен жетинши шақырық Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content