Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2024-жылдың 16-декабрь күни «Банк хызметлери арқалы мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыўда 2025-жыл ушын тийкарғы режелер» бойынша өткерилиген видеоселектор мәжилисинде бир қатар баслы ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы орынбасары Ж.Артыхбаев Тахтакөпир районында болып, тийисли тараў басшылары менен биргеликте орынларға шыққан ҳалда, мәҳәллелерде киши бизнес, хызмет көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыў, пуқараларымыздың өзин-өзи бәнт етиўи, исбилерменликти раўажландырыўда әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында алып барып атырған реформаларының аймақларда әмелге асырылыўы бойынша тийисли тараў басшылары менен алдағы режелер белгилеп алынды.