Tuesday, December 02, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ашық бюджет порталында даўыс бериў басқышы жуўмақланып ең көп даўыс топлаған усыныслар анықланды.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл
13-апрель күнги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар туўрысында”ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкар Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң “Ашық бюджет” (openbudget.uz) мәлимлеме порталы иске түсирилди. Бунда пуқаралар өз аймағындағы бар болған машқалаларға шешим табыў мақсетинде
3 басқыштан ибарат “Басламалы бюджет” процессинде өз усынысларын киритиў имкәниятына ийе болды. Соның ишинде, 2022-жылдың февраль-апрель айларында өткерилген басламалы бюджет процессиниң 1-мәўсими жуўмағына бола “Айдын жол” мəкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Медицина бирлеспесиниң суў сақлағышын кайта ислеў бойынша  усынысы 1 149 даўыс топлаған халда 1-орын 350,0 млн.сўм, Қараой АПЖ да жайласкан Мəденият бөлими имаратын оңлаў жумыслары бойынша усынысы 1061 даўыс топлаған халда
2-орын  930,0 млн.сўм, “Айдын жол” МПЖ да жайласкан “Лаўзан”
көшесиниң онлаў ҳəм түнги шырақлар орнатыў бойынша усынысы
1013 даўыс топлаған ҳалда 3-орын  400,0 млн.сўм менен жеңимпаз болды ҳәм “Пуқаралар белсендилик қоры”нан жами 1.680,0 млн.сўм қаржы ажыратылыўы белгиленди.

Ҳəзирги күнде смета проект ҳүжжетлери исленип жумысты кесип алып ислеўши кəрханалар анықланбақта.

 

Тахтакөпир районы прокуратурасы

Skip to content