Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 69-сессиясы болып өтти.
Сессияға сектор баслыклары, район ҳәкиминиӊ тийисли орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, пуқаралар жыйыны баслықлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.
Сессия күн тәртибине муўапық:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 1-сентябрге шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;
– Тахтакөпир районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен 2023-жылдың 8 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабаты;
– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 4-басқышына киргизилген ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;
– Тахтакөпир районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, екология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Р;Бекбергеновтың «Район аймағындағы Референдум өткерилген участка имаратларын оңлаў жумысларына тартылған кесип алып ислеўши қурылыс шөлкемлерин ҳәм жойбарлаўшы кәрханаларды тендер өткерместен тастыйықлаў ҳаққында»ғы усынысы;
– Тахтакөпир районында инвестиция жойбарларының орынланыўы, туўрыдан-туўры шет ел инвестициялары ҳәм экспорт көлемин асырыў бойынша районлық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслары;
– Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў;
– Тахтакөпир районы аймағында «Темир дәптери» бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм де «Темир дәптери»нен шығарылатуғын шаңарақлардың дизимин тастыйықлаў;
– Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2023-жыл ӀӀ шеректе яғный ярым жыллықта орынланыўы ҳәм жергиликли бюджетиниң 2023-жылдың ӀӀ шерегине белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан ажыратылатуғын қаржылар;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрель күнги «Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкарланып Тахтакөпир районы бойынша 2023-жыл 2-мәўсиминде жеңимпаз болған жәмәәтшилик пикири тийкарында қәлиплескен усынысларды қаржыландырыў;
– 2023-жылдың 8 айы даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-апрельдеги «2022-2026-жылларда аналық ҳәм балалықты қорғаўды күшейттириў ҳаққында»ғы ПҚ-216-санлы қарары тийкарында Тахтакөпир районы Медицина бирлеспеси тәрепинен әмелге асырылған жумыслары;
– Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими тәрепинен жаңа 2023-2024-оқыў жылына таярлық жумысларының барысы;
– Тахтакөпир районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары;
– 2023-2024-жыллар гүз-қыс мәўсиминде Тахтакөпир районы халықын ҳәм де социаллық тараў обйектлерин електр енергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслары;
– 2023-2024-жыллар гүз-қыс мәўсиминде Тахтакөпир районы халықын ҳәм де социаллық тараў обйектлерин тәбийий газ бенен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслары;
– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;
– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатларының Әдеп-икрамлылық қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелери қарап шығылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети