Saturday, September 27, 2025

Соңғы жаңалықлар

Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық илажлары даўам етпекте


Бүгин район аймағында жайласқан «Тахтакөпир» посёлкалық ҳәм «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйынларында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында  «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы мәдений-ағартыўшылық илажлар көтеринки руўхда болып өтти.

Өткерилген илажда Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы оқытыўшылары П.Хожалепесов, А.Сейткамалов, Е.Сейтмуратовлар ҳәм «Нураный» қоры районлық бөлими баслығы Е.Бегманов, сондай-ақ, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Н.Азбергеновлар қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар, 2023-жылдыӊ 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде Президентимиз тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.

Илаж даўамында мәҳәллелердеги белсенди жаслар келген мийманлар менен сәўбетлесип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәм жақыннан пикирлести.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content