Tuesday, December 02, 2025

Соңғы жаңалықлар

Мәмлекет органлары менен қатнасықларда пуқаралар хәм исбилерменлик субъектлери хуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўде судлардың орны хәм әҳмийети.


Мәмлекети және де раўажландырыўдың тийкарғы жөнелислеринен бири суд системасын изшил демократияластырыў, суд ҳәкимиятының ғəресизлиги ҳаққындағы конституциялық нормаларға бойсыныўды тәмийинлеў есапланады.

Суд системасын реформалаўға қаратылған кең қамраўлы шараларға қарамастан, суд искерлигинде ҳəзирги күнге дейин сақланып киятырған машқалалар бул тараўдағы реформаларды даўам етттириў зәрүрлигин келтирип шығармақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 29-январьдағы «Мәмлекетлик органлар менен мүнәсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери хуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм де халықтың судларға болған исенимин және де асырыў шара-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-107 санлы қарарының қабылланыўы суд-хуқық системасын раўажландырыў ҳәм либералластырыў менен байланыслы.

Усы қарар мәмлекетимизде суд-хуқық системасын және де раўажландырыў, әдил судлаўды, суд ҳәкимиятының ғəресизлигин тәмийинлеў, пуқаралар хәм исбилерменлердиң хуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғалыўының кепилликлерин күшейтиў, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыўды суд-хуқық системасын және де реформалаў тараўында мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислери етип белгилеп берди.

Усы қарар менен мәмлекетлик органлары қарарлары устинен берилген шикаятларды көрип шығыўда ҳәкимшилик судларының ролин кушейтиў, оларды исбилерменлик субъектлериниң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыўға қаратылған төмендеги тәртиплерди енгизиў нәзерде тутылды:

  • Ҳәкимшилик судларға истиң ҳақыйқый ҳалатларын анықлаў ушын өз басламасы менен дәлиллерди жыйнаў мәжбүриятын жүклеў, ҳуқықы бузылған пуқара яки исбилерменлик субъектине болса дәлиллерди жыйнаўда тек өз имканияты шегарасында қатнасыўға шәраят жаратыў;
  • Хуқықы бузылған пуқара яки исбилерменлик субъектлери ғалабалық-хуқықый мүнəсибетлерден келип шығатуғын келиспеўшилик пенен бирге оған себепли байланыста болған зыянды өндириў талабын ҳәм ҳәкимшилик судқа билдириў ҳуқықын усыныс етиў хәм де бундай сораўларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлар ўәкиллигине өткериў;
  • Ҳәкимшилик судлардың ҳал қылыў қарарлары мәмлекет органлары яки шөлкемлери тәрепинен орынланбаған жағдайда, олардың лаўазымлы шахсларына суд жәриймаларын қолланыў;
  • Ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер ортасында жарастырыўға ерисиў механизмлерин ислеп шығыў.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен даўа арза, арза ҳәмде шағым арзаны судқа тийисли болмағанлығы себепли судқа қабыл етиўден бас тартыў яки ис бойынша ис жүритиўди тоқтатыўды бийкарлаў, бунда даўа арза, арза, шағым арза  яки оларды көрип шығыўды ўәкилликли судқа өткериў;

  • Ҳәкимшилик судтың нызамлы күшке кирген ҳал қылыў қарарында анықланған ҳалатлар басқа исти көрип атырған пуқаралық ислери бойынша суды ушын мәжбурий есаплаўды белгилеў;
  • Бир суд иси шеңберинде айрымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық судқа тийисли болған бир неше талапты бирлестириўди бийкар етиў хаққындағы усыныслар мақулланды.

Усы қарар пуқаралар хәм исбилерменлик субъектлериниң хуқық хәм нызамлы мәплерин қорғаў механизмин және де жетилистириў ҳәмде халықтың судқа болған  исенимин асырыўына хызмет етеди.

Усының менен бирге, Жоқарғы судтың ахборот дизими менен мәмлекет органлары хәм шөлкемлериниң ахборот дизимлерин интеграция етиў режелестирилмекте. Соның менен физикалық хәм юридикалық шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар судлардың электрон сораўы бойынша бийпул усыныс етиледи.

Жуўмақлап  айтқанда, усы қарардан тийкарғы мақсет-судларға ис жүритиў системасын заманагөйлестириў, сондай-ақ, пуқаралар, исбилерменлер хәм юридик шахслардың ҳуқық-еркинликлерин исенимли қорғаў арқалы халқымыздың суд системасына болған исенимин беккемлеў, судты шын мәнисинде «Әдиллик қорғаны» на айландырыўдан ибарат.

 

 

 

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик

судының судьясы                                                                 Г.Байназарова

Skip to content