Бүгин Тахтакөпир районы орайлық Мәденият орыйында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Рашид Хожасовтың естелигине бағышлап, жаслар арасында «эстрада» ҳәм «миллий эстрада» бағдары бойынша Қарақалпақстан Республикалық көрик-таңлаўының аймақлық басқышы болып өтти.
Таңлаўға Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларынан жас талант ийелери қатнасты.
Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы оқытыушысы Адил Темирбаев, «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фолклор ансамбилиниң қосықшысы Махсет Хожасов ҳәм де «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен Бердақ Қаллибековлар төрешилик етип, қатнасыўшыларды әдил баҳалап барылды.
Таңлаў жуўмағы менен Тахтакөпир районынан Жумамуратов Амир, Қараөзек районынан Суламуратов Рамазан, Шымбай районынан Генжебаев Улығбеклер жеңимпаз деп табылып, Қарақалпақстан Республикалық басқышқа жоллама алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети