Sońǵı jańalıqlar

«Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди

Усы жылдың 18-май күни районлық Мәденият орайында Тахтакөпир районы ҳәкимлиги ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң басламасы менен «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди. Илажда сөзге шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимизде…
Read More

Өзбекстан Республикасында 2025-2026-жыллары халықты дизимге алыў илажын өткериў режелестирилмекте

2024-жыл 4-март күнги ПҚ-114-санлы Президент қарарының қосымшасына муўапық Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў илажы 2025-2026-жылларда өткерилиўи режелестирилмекте. Халықты дизимге алыў илажы мәмлекетте жасаўшы бәршемизге тийисли болған демографиялық, экономикалық ҳәм де…
Read More

Тахтакөпир районында санаат өнимлерин ислеп шығарыў көрсеткишлери

Усы жылдың январь-март айларында Тахтакөпир районында ҳәрекеттеги санаат кәрханалары тәрепинен 64,1 млрд.сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўына ерисилди ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 103,1% ти қурады. Тахтакөпир районы…
Read More

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 79-сессиясы болып өтти

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 79-сессиясы болып өтти. Сессия жумысына район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары…
Read More

Тахтакөпир районының сыртқы саўда айланысы

Тахтакөпир районының сыртқы саўда айланысы 2024-жылдың январь-март айлары жағдайына Тахтакөпир районының сыртқы саўда айланысы көлеми 0,4 млн. АҚШ долларына жетти. Соннан: Экспорт – 0,4 млн. АҚШ доллары Импорт – 0,5…
Read More

Тахтакөпир районында тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялар

2024-жылдың январь-март айларында Тахтакөпир районында тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми миллий валютада 39,6 млрд. сумды ямаса 2023-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 237,4 % ти қурады. Тахтакөпир районы Статистика…
Read More

Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы ҳәкиминиң «Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» посёлка пуқаралар жыйыны аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында»ғы шешими.

Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы ҳәкиминиң «Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» посёлка пуқаралар жыйыны аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында»ғы шешими. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
Read More

Тахтакөпир районында 3 айда 55,5 млрд.сумлық базар хызметлери көрсетилген

2024-жылдың январь-март айларында Тахтакөпир районында 55,5 млрд. сумлық базар хызметлери көрсетилген болып, өсиў пәти өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 118,2 % ти қурады. Республикадағы үлеси 1,6% ке туўры келди. Хызметлер…
Read More

TAXTAKOPIR RAYONÍ

ТАХТАКОПИР РАЙОНЫ

Шөлкемлестирилген ўақты: 29-декабрь 1965-жыл.
Улыўма жер майданы: 21,12 мың км2.
Қала типиндеги посёлкалар (киши қалалар) саны –1.
Аўыл пуқаралар жыйынлары – 17.
2018-жылдың 1-ноябрь ҳалатына турақлы халық саны – 39,8 мың адам.
Шегаралас районлар – Қараөзек, Беруний, Елликқала ҳәм Мойнақ районы. Наўайы ўәлаяты ҳәм Қазақстан Республикасы
Район ҳәкими: Адилов Жамбыл Ағатаевич
Мәнзил: 231400, Тахтакөпир районы, Дослық гүзары көшеси 42-жай
Тел: (861) 435-12-28

Skip to content