Әҳмийетли

Жоқары билимлендириў системасындағы тийкарғы ўазыйпалар белгиленди


Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-июнь күни жоқары билимлендириў системасындағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Жасларды билимли ҳәм маман етип тәрбиялаў, дүньяның раўажланыўына сай қәнигелер таярлаў мақсетинде билимлендириў системасы избе-из раўажландырылмақта. Жоқары билимлендириў тараўындағы дәслепки реформалар, бәринен бурын, қамтып алыўды арттырыў, институт ҳәм университетлердиң финанслық жағдайын жақсылаў, профессор-оқытыўшыларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылды.

Соның ишинде, соңғы 3 жылда жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 65 тен 117 ге жетти, қабыллаў орынлары 66 мыңнан 181 мыңға артты. Олардың материаллық-техникалық базасы беккемленди. Сырт мәмлекетлер менен қоспа билимлендириў бағдарламалары шеңберинде 64 жаңа кәсип бойынша қәнигелер таярлаў жолға қойыллы. Профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақысы орташа 3,5 есеге арттырылды.

Бирақ сапа бағдарында өзгерислер еле сезилмей атыр. Билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, оқыў ислерин базар талапларынан келип шығып шөлкемлестириў мәселеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, ректорлардың итибарынан шетте қалып кетпекте.

Мәселен, бүгинги күндеги 815 бағдардың 55 проценти мийнет базарының талапларына жуўап бермейди. Жоқары билимлендириў мәкемелери 2 мыңға шамалас пәнлер бойынша сабақлықлар менен тәмийинленбеген, оқыў бағдарламалары буннан 40 жыл алдынғы пән ҳәм бағдарлар тийкарында дүзилген. Буннан тысқары, системада коррупция жағдайлары оғада көп.

Улыўма етип айтқанда, өткерилген сораўларда халықтың 65 проценти жоқары билимлендириўдеги реформалардың нәтийжеси сезилмей атырғанын айтқан.

Сол себепли, мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тараўдағы 4 тийкарғы ўазыйпаны көрсетип өтти.

Бириншиси – жоқары билимлендириў мәкемелери басқарыў кеңеслериниң ролин арттырыў ҳәм кафедралардың ўәкиллигин кеңейтиў.

Екиншиси – оқыў процесин базар талапларына сәйкеслендирип, өндирис пенен узликсизлигин тәмийинлеў ҳәм студенттиң өз үстинде ислеўи ушын орталық жаратыў.

Үшиншиси – жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий потенциалын арттырыў, илим ҳәм инновацияны раўажландырыў.

Төртиншиси – профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын қағазпазлықты азайтыў, тараўды санластырыў арқалы бюрократия ҳәм коррупцияны кескин қысқартыў.

Бул ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине академиялық ҳәм шөлкемлестириўшилик-басқарыў бойынша еркин қарар қабыл етиў ўәкиллигиниң берилетуғыны атап өтилди.

Яғный, буннан былай, оқыў режеси ҳәм әдебиятлар, пән бағдарламаларын енгизиў, профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемеси ҳәм дем алыс түрлерин белгилеўди жоқары оқыў орнының басқарыў кеңеси өзи шешеди. Енди ҳәр бир кафедраның жумысы оның илимий потенциалы ҳәм жасларды селекция тийкарында илимий жумысқа тартыў көрсеткишлерине қарап баҳаланады.

Буның ушын абырайлы сырт ел басылымларында турақлы мақалалар шығарып киятырған, сондай-ақ, шәкиртлери илимий жумысларды өз ўақтында ҳәм сапалы қорғаған илимий басшыларға 5 докторант ҳәм 3 еркин излениўши алыў ҳуқықы бериледи. Сондай-ақ, ҳәр бир кафедраның бир жас илимпазын сырт елге стажировкаға жибериў жолға қойылады.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына кафедралар жанында илимий-изертлеў орайлары шөлкемлестирип, оларды оқыў-лаборатория үскенелери ҳәм зәрүр техника менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Ҳәр бир кафедраның тармақ кәрханалары менен бирге ислесиўин жолға қойыў, оқытыўшылардың кәрханаларда әмелий изертлеўлер өткериўине шараят жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жоқары билимлендириў бағдарлары менен заманагөй талаплар арасында үзилис оғада үлкен екени сынға алынды. Бүгинги күнде хызмет көрсетиў тараўында 40 мың, санаатта 38 мың, қурылыста 12 мың, аўыл хожалығында 10 мың, байланыс ҳәм мәлимлеме технологияларында 4 мың жоқары мағлыўмат талап ететуғын бос жумыс орынлары бар. Бирақ питкериўшилер саны жағынан да, қәнигелик бойынша да бул талапты қанаатландыра алмайды.

Билимлендириў процеси 2001-жылы тастыйықланған стандартлар тийкарында алып барылмақта. Бирақ, усы дәўирде Билимлендириўдиң халықаралық стандартлары 2 рет жаңадан қабыл етилген. Айырым оқыў сабақлықлары заман ҳәм базар талабына емес, ал профессор-оқытыўшыларға сәйкесленген. Студентлер өз бағдарына байланыслы болмаған пәнлер менен де шуғылланбақта.

Сол себепли, жуўапкерлерге мәмлекетлик билимлендириў стандартларын халықаралық стандартларға сәйкеслендириў, барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесслерин кредит-модуль системасына өткериў бойынша тапсырма берилди. Оқытылып атырған пәнлерди мазмуны жағынан қайта көрип шығып, артықша қайталаныўларды қысқартыў, босаған сабақ саатлары орнына қәнигелик пәнлерди көбейтиў ҳәм студентлерге еркин илимий излениў ушын имканият жаратыў керек екенлиги атап өтилди. Жоқары мағлыўмат талап ететуғын кәсиплерди оптималластырып, экономика тармақлары ушын зәрүр жаңа кәсиплер менен толықтырыў ўазыйпасы қойылды.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий потенциалы мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Бизге белгили, халықаралық тәжирийбеде илимий потенциал 70 проценттен аз болса, бундай университет абырайлы есапланбайды. Елимизде бул қөрсеткиш оғада төмен. Мысал ушын, 24 жоқары оқыў орнының илимий потенциалы 25 процентке де бармайды. 19 ында бирде-бир профессор ҳәм пән докторы жоқ. Соңғы 30 жылда дерлик 208 профессор-оқытыўшы сырт елде илимий дәреже алған.

Сол себепли, Президентимиз келеси жылдан докторантураға квоталардың санын 2 есеге көбейтиў, кейинги жыллардан баслап ҳәр жылы 50 процентке арттырып барыўға көрсетпе берди.

Буның ушын ҳәр жылы бюджеттен қосымша 100 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди. Буннан тысқары, ҳәр бир тармақ өз тараўына тийисли жоқары оқыў орынларына докторантлар квоталары ушын 10 миллиард сум ажыратады.

Сырт мәмлекетлерден оқыў ҳәм илимий әдебиятларды тиккелей сатып алыў, жоқары билимлендириў мәкемелери фондындағы 4 миллионға шамалас әдебиятларды толық электрон түрине өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Барлық китапханаларды бирден-бир системаға жалғап, студент ҳәм изертлеўшилер ушын күни-түн пайдаланыў имканиятын жаратыў, плагиатты сапластыратуғын мәлимлеме бағдарламаларын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Жоқары билимленедириў мәкемелеринде бюрократия ҳәм коррупция қәўпиниң көп екенлиги, оған шек қойыў ушын оқыў процесин шөлкемлестириў ҳәм басқарыўды толық санластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Системадағы ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири – қабыллаў процеси. Быйыл жоқары билимлендириўге қабыллаў квотасының саны өткен жылға салыстырғанда 13 процентке арттырылып, 181 мыңға жеткерилмекте. 1 миллион 500 мыңнан аслам жаслар ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте. Мәжилисте усы процести карантин ҳәм қәўипсизлик талапларын тәмийинлеген ҳалда, жоқары дәрежеде өткериў бойынша тапсырмалар берилди.

Жатақхана орынларының санын арттырыў мәселесине де тоқтап өтилди. Бүгинги күнде студентлер ушын қосымша 149 мың турақ жайға талап бар. Жатақханаларды исбилерменлер менен жеке-меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў ушын жоқары билимлендириў мәкемесиниң аймағынан ямаса оған жақын жерден аукцион арқалы жер ажарытылатуғыны белгиленди. Бул имаратлардың биринши ҳәм екинши қабаты бизнес ушын исбилерменлерге берилип, жоқары қабатлары арзан турақ жай болады. Студентлерге ол жерде жасаў қәрежетлериниң 50 проценти бюджеттен қаплап бериледи.

Мәжилисте Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине билимлендириў бағдарлары ҳәм кәсиплердиң дизимин тастыйықлаў, сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбаларын таярлаў, жоқары оқыў орынларының басқарыўына маман кадрларды топлаў бойынша тапсырмалар берилди.

 

ӨзA

Skip to content