Әҳмийетли

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы өзбек ҳәм рус тиллеринде баспадан шықты


 

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен “Qaraqalpaqstan” баспасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы баспадан шығарылған еди.

Онда 2021-жыл 12-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы тийкарында Конституцияға киргизилген бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар сәўлеленген.

Жақында “Qaraqalpaqstan” баспасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы өзбек ҳәм рус тиллеринде баспадан шығарылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

Skip to content